Бүгин
Израил мәмлекетиниң Өзбекстан Республикасындағы елшиси Зеавит Бен Хилель,
Израил Сыртқы ислер Министрлиги жанындағы халықаралық бирге ислесиўди
раўажландырыў агентлиги (MASHAV) баслығы Эйнат Шлейн Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Қабыллаўда Израил мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ортасында халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери қарап шығылып, онда Израил мәмлекетиниң алдынғы тәжирийбелери тийкарында жергиликли жаслар ҳам қәнигелердиң билимин арттырыў, бирге ислесиў мақсетинде жаңа жойбарлар үстинде ислеў, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары студентлериниң билимин жетилистириў бағдарында семинар-тренинглер шөлкемлестириў бойынша сөз етилди.
Соның
менен бирге, аймақтағы суў тамтарыслығы жағдайында суўды үнемлеўши
технологияларды еледе ен жайдырыў, коллектор ҳәм ақаба суўларын қайта ислеў
арқалы аўыл хожалығы егислик майданларында пайдаланыў, бул бағдарда Израил
тәжирийбелери тийкарында қәнигелердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша
пикир-усыныслар билдирилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалынан кеңирек пайдаланыў, бул бағдарда сафари тур ҳәм экотуризмди ен жайдырыў, сондай-ақ, аймақтағы қорықханалар, экзотикалық қумлы далаңлықлардың өзине тән тәбияты сыяқлы аймақ өзгешеликлерин көрсетиўди кеңнен жолға қойыў кереклиги айрыкша атап өтилип, мийманлар бул бағдарда бирге ислесиўден мәпдар екенлигин билдирди.
Өз
нәўбетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай
Орынбаев мийманлардың келиўинен миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди
жолға қойыўда жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын айтып өтти.
Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети