21.12.2024, Шемби

29-сентябрь күни Мойнақ районында "Арал балықларынан 99 түрли тағам" гастрономиялық фестиваль өткериледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-24 февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәмде Министрлер Кабинетиниң тийисли мәжилис Баянына муўапық, усы жылдың 29-сентябрь күни Мойнақ районында "Арал балықларынан 99 түрли тағам" гастрономиялық фестиваль өткериледи.


Илаж Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Мойнақ районы ҳәкимлиги, Қарақалпақ улыўма аўқатланыў кәрханалары ассоцияциясы, Мәденият министрлиги ҳәм басқа да бир қатар министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен шөлкемлестирилмекте.
Фестиваль даўамында өнерментлер көргизбеси, жас художниклер көргизбеси, фестиваль жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәмде гала концерт режелестирилген.

 

Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң Мәлимлеме хызмети