Кейинги жыллары Қоңырат районында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине балаларды қамтып алыў көрсеткишлери сезилерли дәрежеде артып бармақта. Бунда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базаларының жақсыланыўы, жаңадан қурылған шөлкем имаратларында балалар ушын қолай шәраятлар жаратылыўы тийкарғы себеп болмақта.
4-сектор баслығы, Қоңырат районы мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы Б.Абатов "Сүўенли" АПЖ аймағында қурылысы даўам етип атырған, 90 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып, әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети