Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
Баслығының орынбасары - Р.Зарикеев усы жылдың 9-сентябрь күни Бозатаў
районы Аспантай АПЖ Порлытаў елатында
жайласқан 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде аймақ турғынларыныӊ машқалаларын
үйрениў ҳәм оларға шешим табыў бойынша жеке қабыллаўын өткерди.
Өткерилген қабыллаўға район ҳәкими К.Алланиязов,
сектор басшылары, район аймағында жайласқан мәкеме шөлкем басшылары ҳәмде аўыл
турғынлары қатнасты.
Қабыллаў даўамында пуқаралардың қыйнап киятырған ишки жолларды оңлаў, электр тармақларын дүзетиў, ишимлик суўы, кредит мәселеси, материаллық жәрдем бойынша мүрәжатлери тыңланды.
Билдирилген мүрәжатлар ҳәр тәреплеме талқыланып,
жуўапкерлерге қысқа мүддетте сапластырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.