Бүгин, 8-центябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Абатбай Данияров Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.
Дәслеп институттың Түркий тиллер факултети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 2-курс студентлери менен сәўбетлесиў болып өтти. Сәўбетлесиў даўамында соңғы жылларда елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат, келешек ийелериниң оқыўы, билим алыўы, илим менен шуғылланыўы, кәсип-өнер үйрениўи ушын жаратылып атырған шараятлар – улыўма халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, инсан қәдирин улығлаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында жаслар менен пикир алмасылды.