21.12.2024, Шемби

РЕСПУБЛИКА ИСШИ ТОПАР АҒЗАЛАРЫ ТӘРЕПИНЕН ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ПӘРМАННЫҢ МАЗМУНЫ ТҮСИНДИРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы  ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны, әҳмийетин халық ҳәм исбилерменлер арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў  мақсетинде, бүгин, республика исши топар ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Б.Хабибуллаев басшылығында Кегейли ҳәм Бозатаў районында болды.