Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланып өткерилген «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астындағы  Мәнаўият фестивалы көтериңкилик рухта жуўмақланды.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласындағы Ашық театрда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң атқарыўында гала концерт болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Н.Холбутаев шығып сөйлеп, фестивальдың халықтың кең қатламында, ең дәслеп жасларда Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, инсаныйлық пазыйлетлерди тәрбиялаўдағы, миллий үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларымыздың турмысымыздағы орнын ҳәм әҳмийетин ҳәр тәреплеме ашып бериўдеги әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық реформалар, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде усы жыл 15-августтан баслап 20-августқа шекем даўам еткен фестивальда Ташкент қаласынан келген үгит-нәсиятшылар топарының ағзалары-белгили мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери, илимпазлар, жазыўшы шайырлар, талантлы жаслардың қатнасыўында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында, шетки аўылларында ушырасыўлар болып өтти.

Фестиваль барысында «Мүриўбет» интернат үйлеринде жасайтуғын майыплығы болған шахслар, төсек тартып жатырған наўқаслар ҳәм кекселерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат» жойбары тийкарында ушырасыўлар, «Өзбекстан Қаҳарманлары» китабын таныстырыў мәресими, руўхый мийрасымыздың әжайып үлгилери ҳәм миллий қәдириятларымызды  қәстерлеп сақлаў мақсетинде «Миллий қәдириятлар» атамасында ушырасыўлар өткерилди.  Сондай-ақ, «Жаңа Өзбекстанда миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик» темасында мәдений-ағартыўшылық илажлар, халқымыз арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде жаңа китаплар акциясы, миллий ойынларды жаслар арасында ен жайдырыў мақсетинде «Қарақалпақ миллий ойынлары» спорт жарыслары болып өтти.

Белгили көркем өнер шшеберлери жәрдемге мүтәж пуқаралардың шаңарақларында болып, олардың ҳал-жағдайынан хабар алды. Орынларда жаңа кинофильмлерди таныстырыў илажлары өткерилди.

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астындағы гала концерт «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Наўрызбек Мухаммедияровтың атқарыўындағы «Хош келдиңиз Қарақалпақ елине» қосығы менен басланды. Буннан кейин Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы ана Ўатанды, халықлар дослығын, тынышлықты жырлаўшы қосық ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға заўық бағышлады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы