21.12.2024, Шемби

«Аўғанстан: Қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыў» тамасындағы халықаралық конференция қатнасыўшыларына

 

Ҳүрметли делегация ағзалары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

«Аўғанстан: қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыў» темасындағы Ташкент халықаралық конференциясының барлық қатнасыўшыларын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Бул форумды өткериў ҳаққында басламамызды қоллап-қуўатлағаны  ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери мырза Антониу Гутерришке айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Әнжуман жумысында БМШ Бас хаткериниң ўәкили мырза Маркус Потцел қатнасып атырғаны Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў бағдарындағы мақсетлерге беккем садық екенинен дәрек береди.

Европа Аўқамы ҳәм Европа мәмлекетлери, Қытай, Россия, АҚШ, Орайлық ҳәм Қубла Азия, Жақын ҳәм Орта Шығыс, Азия-Тыныш океаны регионлары мәмлекетлери арнаўлы ўәкиллериниң конференцияға қатнасып атырғаны болса бүгинги ушырасыўдың әҳмийетин және де күшейтпекте. Сизлер Аўғанстан машқалаларын шешиў ҳәм аўған халқына жәрдем көрсетиў бойынша қарарлар қабыл етиўде тиккелей қатнасып келмектесиз.

Биз бүгинги форумда Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, сондай-ақ, халықаралық финанслық институтлар ҳәм жетекши таллаў орайлары ўәкиллерин көрип турғанымыздан қуўанышлымыз.

Әнжуманға қатнасып атырған Сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы мырза Амир Хан Муттақий басшылығындағы абырайлы Аўғанстан делегациясын да қутлықлаймыз.

Бул конференция Аўғанстанның жаңа ҳүкимети менен аўған халқы ҳәм пүткил халқаралық жәмийетшиликтиң мәплерин ҳәр тәреплеме есапқа алыўға тийкарланған өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша әмелий пикир алысыў ушын имканият жаратады, деп исенемиз.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Өзбек ҳәм аўған халықлары мың жыллар даўамында ийинлес болып жасап келмекте. Бизди улыўма мәдений, руўхый ҳәм тарийхый қәдриятлар, бирден-бир дин ҳәм уллы ата-бабаларымыздың мийрасы бирлестирип турады.

Әмиўдәрьяның арғы жағасында тынышлық болмаса Өзбекстанда да, пүткил Орайлық Азия регионында да қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға ерисе алмайтуғынымызды атап өтиў керек.

Сонлықтан өзиниң жаңа тарийхында терең социаллық-экономикалық ҳәм гуманитарлық кризиске дус келип атырған Аўғанстанға дүньяда итибар кемейип атырғаны қәўетерлендирмей қоймайды.

Дүнья жәмийетшилиги бүгин 1990-жыллардағы қәтелерди қайталамайтуғынына, оларды шетлеп өте алатуғынына ҳәм бул мақсетке әлбетте ерисиў зәрүрлигине беккем исенемиз.

Аўғанстанның халықаралық көлемде жалғызлатып қойылыўы гуманитар жағдайдың және де төменлеўине алып келиўи турған гәп. Сонлықтан буған жол қоймаў әҳмийетли, гәп миллионлаған адамлардың тәғдири ҳаққында бармақта.

Ҳәзирги ўақытта Аўғанстанның Ўақытша ҳүкимети мәмлекетте тынышлықты орнатыў бойынша белгили бир қәдемлер тасламақта,  социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўға, қоңсылас мәмлекетлер менен дослық байланыслар, халықаралық жәмийетшилик пенен өз-ара пайдалы  бирге ислесиў орнатыўға ҳәрекет етпекте. Биз усы ҳәрекетлерди хошаметлеўимиз ҳәм қоллап-қуўатлаўымыз зәрүр.

Соның менен бирге, мәмлекетлик басқарыўда аўған жәмийетиниң барлық қатламларынан ўәкиллер кеңнен қатнасатуғын қурамды қәлиплестириў, инсан, әсиресе, ҳаял-қызлар, барлық миллий  ҳәм диний топарлардың тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлық орнатыўдың фундаментал тийкары болып қалмақта.

Биз Аўғанстанның ҳәзирги ҳүкиметин терроризмниң ҳәр қандай түри ҳәм көринисиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў, барлық халықаралық терроршылық шөлкемлери менен байланысларды үзиў ушын өзиниң беккем ерк-ықрарын көрсетип, кескин илажлар көриўге шақырамыз.

Бундай қатнас жасаў Ўақытша ҳүкиметке болған исенимниң беккемлениўине алып келеди, Аўғанстан ушын әтирапындағы мәмлекетлер ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен дослық, жақын қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў орталығында турақлы раўажландырыў бойынша анық перспективалар ашады.

Қәдирли дослар!

Жақында БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген Қубла ҳәм Орайлық Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳаққындағы арнаўлы резолюция да Аўғанстанда тынышлықты сақлаў халықаралық қәўипсизликти тәмийинлеў ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе екенин тастыйықлады.

Биз, пүткил халықаралық жәмийетшилик аўған халқы менен тилеклес екениңизди көрсетиўимиз зәрүр. Биз өз ҳәрекетлеримизди Аўғанстанды тыныш, турақлы ҳәм абадан үлкеге, терроризм, урыс ҳәм наркотик затлардан жырақ мәмлекетке айландырыў ушын беккем тийкар жаратыўға жумсаўымыз керек.

Аўғанстан экономикасын қайта тиклеў ўазыйпасы бизиң улыўма әҳмийетли бағдарымызға айланыўы зәрүр. Әне усындай көзқарас жапакеш аўған үлкесинде беккем тынышлық орнатыўдың әҳмийетли шәрти есапланды. Бул бағдар, атап айтқанда, мәмлекеттиң регионлараралық экономикалық  процесслерге интеграцияласыўын, инфраструктураларға байланыслы ҳәм социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыўды өз ишине алады.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Аўғанстанды социаллық-экономикалық ҳәм гуманитарлық жақтан қайта тиклеўге жәрдем бериў бағдарындағы халықаралық ҳәрекетлерге, соның ишинде, ири трансрегионаллық инфраструктуралық жойбарларды алға қойған ҳалда, салмақлы үлес қоспақта.

Сөзимниң жуўмағында бүгинги конференция пайдалы пикир-таласлар ушын және Аўғанстан халқының мәплери ҳәм арзыў-нийетлерине жуўап беретуғын, өз-ара келисилген көз-қарасларды ислеп шығыўда нәтийжели сөйлесиў майданы болады, деп үмит етемен.

Конференция жумысына, оның барлық қатнасыўшыларына табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти