21.12.2024, Шемби

«Инсан саламатлығы» қайырқомлық акциясы



Республикамыздың медициналық жәрдемге мүтәж пуқараларына айрықша қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жылдың 27-28-июль күнлери Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде «Инсан саламатлығы» атамасында қайырқомлық акциясы өткерилиўи белгиленген еди.

 


Бүгин акцияның биринши күни басланды. Акцияда ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамындағы, сондай-ақ, Қарақалпақ медициналық институты Клиникасы, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармаларынан медицинаның барлық тараўларынан маман қәнигелер қатнаспақта.

Ҳәзирги ўақытта пуқараларымыз өзлерин қыйнап жүрген кеселликлери бойынша қәнигелерден бийпул медициналық консультация ҳәм жәрдемлер алып атыр.

Акция күн бойы даўам етеди.