Бүгин Нөкис қаласындағы Жаслар орайының мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров ПФК "Арал" клубы футболшылары ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасып сәўбетлести.
Ушырасыў даўамында ПФК "Арал" клубының алдына қойған мақсетлери, республикамыз басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен ерисилип атырған нәтийжелер мақтаныш етилди. Соның менен бирге «Арал» клубы футболшыларының ата-аналарына шексиз миннетдаршылық билдирилди.
Ушырасыўдан соң ПФК "Арал" клубы футболшыларына Локомотив-БФК клубы үстинен 5:3 есап пенен ерисилген жеңиси ушын ақшалай сыйлықлар тапсырылды.