Мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының тийкарғы факторларынан бири бул –
пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин кепилли тәмийинлеўден ибарат.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде
мүрәжатлар менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа системасы жолға қойылды. Буннан мақсет
адамлардың машқалаларын тез ҳәм сапалы сапластырыў.
Бул бойынша орынларда көшпели қабыллаўлар, қабыллаў күнлери шөлкемлестирилип, пуқаралар менен ашық сәўбетлер өткерилмекте.
Елликқала районы «Ташкент»
МПЖ Фурқат көшеси турғынлары ишимлик суўы тармағының насазлығы бойынша мүрәжат
етти.
Район жуўапкерлери тәрепинен мүрәжат тийисли тәртипте аймаққа барып үйренилди ҳәм күнниң өзинде унамлы шешим тапты.