Шоманай районы «Ақжап» АПЖ турғыны 2-топар майыбы С.Сапаров турақ
жайының шифери жоқ екенлигин билдирип, оны шиферлаўда әмелий жәрдем сорап район
ҳәкимлигине мүрәжат етти.
Мүрәжат тийисли тәртипте үйренип шығылып, унамлы шешим тапты. «Ақжап»
АПЖ турғыны С.Сапаровтың турақ жайы район ҳәкимлиги тәрепинен шиферланып
берилди.
Әлбетте ҳәр бир мүрәжат
артында инсанды ойландырып, өз шешимин күтип атырған машқала жатады.
Адамлардың дәртин тыңлаў, олар менен ашық сәўбетлесиў, аўырын
жеңил, мүшкилин аңсатластырыў – халқымыздың мәмлекетке, ертеңги күнге деген
исенимин арттырады.