21.12.2024, Шемби

Қараөзек районында суўды душшыландырыўшы станция иске түсти


«Арал теңизи аймағындағы қоршаған орталықтың унамсыз тәсиринен жәбирленген аўыл халқының экологиялық, экономикалық ҳәм ден-саўлығын сақлаў тараўындағы қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы олардың турмыс шәраяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» БМШРБ ҳәм ЮНФПА Биргеликтеги Бағдарламасы тийкарында, «Қараөзек» АПЖ «Қорымлы» аўылы ҳәм «Мәденият» АПЖ «Өтеген» аўылларында дузсызландырыў станциясының ашылыўы болып өтти.


Ашылыў салтанатында район ҳәкими У. Утамбетов шығып сөйлеп, Япония ҳүкиметиниң районға көрсетилген жәрдемлери ушын өз миннетдаршылығын билдирди.


Буннан соң, Өзбекстандағы Япония Елшиханасының биринши орынбасары Таэ Сато ханым, бағдарламаның тийкарғы мақсети ҳәм әмелге асырып атырған жумыслары бойынша қысқаша мағлыўмат берип өтти.

 

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети