21.12.2024, Шемби

Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Светлана Артикова Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы комиссия мәжилисине қатнасты

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январдағы “Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-92-санлы қарарының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Комиссиясының мәжилси болып өтти.

 

Мәжилисте студиялардан Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Светлана Артикова, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жуўапкерлери, қала ҳәм район ҳәкимликлери, сектор басшылары менен мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша комиссия ағзалары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақтсан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев алып барды.

 

Бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен жаслар менен ислесиў, олардың машқалаларын тиккелей мәҳәллениң өзинде сапластырыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январдағы “Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-92-санлы қарарына муўапық жаслар менен ислесиў бойынша Қарақалпақстан Республикасында пүткиллей басқаша жаңа система тийкарында жумыслар жолға қойылды.


Соның менен бирге усы қарар тийкарында мәҳәллелерде Жаслар жетекшиси лаўазымы еңгизилип, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 424 жаслар жетекшиси жумыс алып бармақта.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олар арасындағы жынаятшылықтың алдын алыў, билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў ҳәм исбилерменликке тартыў бойынша алып барылып атырған жумыслар талқыланды ҳәм жуўапкерлердиң есабаты тыңланды. Соның менен бирге бул жумысларды және де жетилистириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети