21.12.2024, Шемби

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Аташов жеке қабыллаўын өткерди


Бүгинги күнде инсан мәплерин тәмийинлеў ушын ең дәслеп адамлар менен жақыннан сәўбетлесиў, олардың машқалалары менен тилек ҳәм усынысларын үйрениў ҳәм ашық сәўбет алып барыў баслы мәселе болмақта.

Бүгин Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Аташов жеке қабыллаўын өткерди. Онда өз мүрәжатлары менен келген пуқаралардың мәселелери жуўапкерлер қатнасында тыңланды.


Атап айтқанда, ишки жолларды оңлаў, ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў, материаллық жәрдем усылар қатарынан.

Билдирилген мүрәжатлар ҳәр тәреплеме талқыланып, жуўапкерлерге қысқа мүддетте сапластырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.