21.12.2024, Шемби

Сол күнлерди еслеп


Айлар өтти, жыллар өтти...

Бырақ сол күнлери ата-бабаларымыз Ўатанымызды қорғаў, урпақлары ашық аспанда, тыныш мәканда жасаўы ушын өзиниң өмирин аямастан, Уллы ўатандарлық урысықа қатнасқан. Бул урыста қаншадан қанша жерлеслеримиз саўаш майданында жан берген, душпанлар қолына тутқынға түскен, қаншалары майып болып қайтқан. Олардың кешип өткен урыс күнлерин көз-жассыз тыңламаў мүмкин емес.

Елимизде 9-май күни «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» етип белгиленген. Бул күн ҳәр биримиз ата-бабаларымызды еслеп, зийяратлаймыз. Урыс қатнасыўшыларынан хабар аламыз. Бырақ бизлер тек ғана усы күни емес, ал ҳәр күни, ҳәр айдын аспанымызды көргенимизде оларға шексиз миннетдаршылығымызды билдириўимиз керек. Себеби сол инсанлардың қаҳарманлықлары, ерлик ислери себеп биз бүгин парахат турмыста еркин жасап, билим илим алып атырмыз.

 

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети,

Мәлимлеме хызмети бөлими 1-курс студенти Н.Усербаева