21.12.2024, Шемби

"ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН" ТУРАҚ ЖАЙЛАР МАССИВИНИҢ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ЖЕДЕЛЛИК ПЕНЕН ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында Қанлыкөл районында жаӊа турақ-жайлар массивин шөлкемлестириў ушын «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 14,3 гектар жер майданы ажратылды.


Ҳәзирги ўақытта 2022-жылда пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген  5 қабатлы 10 турақ жайдың қурылыс жумыслары алып барылмақта.

«Жаңа Өзбекстан» массивинде қурылып атырған үйлерден алыўды қәлеўши пуқаралар район ҳәкимлигинде шөлкемлестирилген Штабқа мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети