Бүгин Шымбай районында
Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шымбай районлары пуқаралары ушын
көшпели қабыллаў болып өтпекте.
Оған Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Халық қабыллаўханасы, Жоқарғы суд, Судьялар жоқарғы кеӊеси, Министрлер Кеңеси ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары қатнаспақта.
Қабыллаўда пуқаралардың суд-ҳуқық тараўындағы мүрәжатлары тыӊланып, бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер үйренилип, оларды сапластырыў илажлары көрилмекте.
Соның менен бирге қабыллаў даўамында Қараөзек районы Прокуратурасы тәрепинен алыс аймақлардан мектепке қатнаўшы оқыўшыларға велосипедлер тапсырылды.
ҚР Министрлер
Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети