Бүгин Нөкис қаласында ҳәм
Хожели районында көшпели қабыллаў болып өтти.
Оған Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Халық қабыллаўханасы, Жоқарғы суд, Судьялар жоқарғы кеӊеси, ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары қатнасты.
Көшпели қабыллаўда Тақыятас,
Шоманай, Хожели, Нөкис районы ҳәм Нөкис қаласы пуқараларыныӊ суд-ҳуқық
тараўындағы мүрәжатлары тыӊланып, бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер үйренилип,
оларды сапластырыў илажлары көрилмекте.
Қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары қатнасты.
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме
хызмети