22.12.2024, Екшемби

«Эл-юрт умиди» фондының ашық стипендия таңлаўларын орынларда жасларға кеңнен түсиндириў мақсетинде семинар болып өтти


Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев кирис сөз бенен ашып берди ҳәм алып барды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-январьдағы “Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы қәнигелерди шет елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен байланыс орнатыў бойынша «Эл-юрт умиди» фондының бағдарламасы бойынша кадрларды оқытыў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4091-санлы қарарына муўапық, кадрларды таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў ҳәм әмелияттан өткериў ушын талабанларды таңлаў тийкарында сайлап алыў ҳәм олардың фонд стипендиялары есабынан шет еллерде маманлығын арттырыў белгиленген.


Сол тийкарда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының тапсырмасына муўапық «Эл-юрт умиди» фондының нәўбеттеги стипендия бағдарламасы таңлаўлары бойынша кең түсиник жумысларын алып барыў мақсетинде өткерилип атырған әмелий семинарға «Эл-юрт умиди» фонды бөлим баслықлары Мамаджанов Шахриёр Солижонович ҳәм Курязов Жамолбек Аминбаевичлер қатнасты.

 

Өткен жыллар даўамында барлық тараўлар сыяқлы жасларымыздың илим-билим алыўлары, сондай-ақ, билимлендириў тараўын түптен реформалаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

 Тийкарғы мақсет келешекте жасларымыздың сапалы билим алыўы, мәмлекетимиз келешеги ушын өзиниң гиреўли үлесин қосатуғын жаслар болып жетисиўинен ибарат.


Бул жумысларды жәнеде жетилистириў мақсетинде “Эл-юрт умиди” фонды шөлкемлестирилип, фонд тәрепинен шет еллерде жасап, жумыс ислеп атырған жерлеслеримиз, сондай-ақ, үлкен илимий тәжирийбеге ийе болған алымлар, қәнигелер ҳәм қәбилетли жаслар менен өз-ара байланысларды жолға қойыў, шет еллердеги алдыңғы дәрежедеги оқыў орынларында қәнигелерди таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

 

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети