22.12.2024, Екшемби

Халқымызды разы етиў ушын көп тер төгиўимиз керек

Шавкат Мирзиёев Қашқадәрья ўәлаятына сапарын жаңадан шөлкемлестирилген Көкдала районынан баслады. Бул жерде тоқымашылық кластеринде жаңа районның белсендилери менен ушырасыў болып өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы усындай Уллы Рамазан айында көрисип турғанынан қуўанышлы екенин айрықша атап өтип, Қарақалпақстаннан кейин екинши болып Қашқадәрьяға келгениниң бийкар емеслиги, ўәлаятқа үлкен режелер менен келгенин билдирди.

«Заманымыз жеделлик пенен өтип атыр. Қәўипли дәўирде жасап атырмыз. Әлбетте, Қашқадәрьяның батыр, мәрт халқы бар. Бирақ жасаў шараяты бойынша тилекке қарсы бул ўәлаят арқада.

Усындай уллы сәркардалары, жер асты байлығы бар ўәлаятта халықтың бундай шараятта жасаўы надурыс.

Халқымызды разы етиў ушын көп тер төгиўимиз керек. Бул аўыр ҳәм машақатлы жумыс. Ўәлаятқа үлкен ақша менен келдим, пул табыў аңсат емес. Бирақ бул пулдың нәтийжели, халық ушын пайдалы болыўы ушын қатаң тәртип ҳәм ақыл менен жумыс ислеўимиз керек»,-деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан хабар агентилиги