22.12.2024, Екшемби

Президент Әмир Темурдың жаўынгерлик шеберлиги ҳаққында айтты

«Имканиятым болыўы менен китап оқыўға ҳәрекет етемен. Сол күни 1 сааттай бос ўақытым пайда болып қалған еди, Әмир Темур ҳәм Тоқтамысхан арасында урыс тарийхын оқыдым. Уллы сәркардамыз қалай жеңиске ерискени маған жүдә қызық еди. Тоқтамыс та аңсатлық пенен жеңилмеген екен, онда Әмир Темур бабамыздың жоқары әскерий тактика ҳәм стратегиясы, дәўжүреклиги пайда берген. Өзиме де жазып алдым, Әмир Темур урыста 7 усылды қолланған екен.

Биз неге усындай уллы ата-бабаларымыздың тарийхын жақсы үйренбеймиз! Узақ жыллар ура-ура менен улыўма басқалардың тарийхын, басқалардың жеңисин мийимизге сиңдирген еди. Жуўапкерлерге тапсырма бердим – биз биринши гезекте өзимиздиң бабаларымыз тарийхын үйрениўимиз керек.

Сиз қашқадәрьялылар түсинип жетиўиңиз керек-усындай уллы инсан сизлердиң тиккелей бабаңыз болады»,-деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги