22.12.2024, Екшемби

Музей – тарийх айнасы

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде 18-апрель «Халықаралық археологиялық естеликлерди қорғаў» күнине бағышланып, «Қарақалпақстан аймағындағы мәдений мийрасларымыздың изертлениўи» атамасында жоқары оқыў орынларының профессор оқытыўшылары ҳәм студентлериниң қатнасыўында илимий-теориялық конференция өткерилди.

Конференцияда тарийх илимлериниң докторы, профессор Б.Қощанов, тарийх илимлериниң кандидатлары, доцент Ж.Ҳәкимниязов, О.Доспанов, С.Нуржанов, тарийх илимлери бойынша философия докторы, доцент Д.Жуманиязовлар Қарақалпақстанның ең жаңа тарийхы тарийхнамасының заманагөй машқалалары, Қарақалпақ мәмлекетлик университети илимпазларының археологиялық изертлеўлери, Қарақалпақстанның урыстан соңғы жыллардағы баспасөздеги идеологиялық кампания, пайтахт көшириў мәселеси, Қубла Аралбойы археология илиминиң  раўажланыўында тарийхый естеликлердиң орны мазмунында таярланған баянатлар жасап, усы бағдардағы изертлеў жумыслары тийкарында мағлыўматлар берди.

– Музейимизде усындай конференциялардың өткерилиўи үлкемиздиң тарийхый ҳәм мәдений мийрасларын, халқымыздың өтмиштеги тарийхын терең ҳәм кеңирек үйрениўге, келешек әўладларды Ўатанға деген сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаў ушын хызмет етеди,-дейди музей директоры А.Юсупова. – Студент жаслар менен бир қатарда, бизлер де илимпазлар тәрепинен берилген мағлыўматлар арқалы илимдеги тарийхымызға байланыслы көплеген жаңалықлар туўралы билип алдық.

Конференция қатнасыўшылары музей  көргизбелери менен жақыннан танысып, музей тәрепинен баянатшыларға миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Студент-жаслар да  усы музейде ҳәм басқа да орынларда сақланып атырған, халқымыздың тарийхын, үрп-әдетлери менен дәстүрлерин көз алдымызға келтиретуғын мыңлап экспонатларды көз қарашығындай қорғап, сақлаўымыз зәрүрлигин атап өтип, пикир-усыныслар билдирилип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери