22.12.2024, Екшемби

Министрлер Кеңесиниң Баслығы гезектеги жеке қабыллаўын өткерди


Елимизде халықтың жасаў шараятын жақсылаў,  пуқараларға қолайлы имканиятлар жаратыў,  олардың турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў менен бирге машқалаларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оны нәтийжели сапластырыў баслы мәселеге айланған.

 

Бүгин Министрлер Кеңесиниң Баслығы гезектеги жеке қабыллаўын өткерди. Онда ҳәр қыйлы машқалалар менен келген пуқаралардың мүрәжатлары жуўапкерлер қатнасында тыңланды ҳәм талқыланды.

Атап айтқанда жер ажыратыў ҳәм кредит алыў, кредит ажыратылыўында ушырасып атырған машқалалар, материаллық жәрдем бойынша мүрәжатлар Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен көрип шығылды.

Билдирилген мүрәжатлар бойынша тийисли тараў қәнигелеринен мағлыўматлар алынып,  ҳәр тәреплеме таллаў жасалды ҳәм унамлы шешим қабыл етилди.


 


ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети