22.12.2024, Екшемби

ҚАНЛЫКӨЛДЕ "ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН" ТУРАҚ ЖАЙЛАР МАССИВИНИҢ ҚУРЫЛЫСЫ БАСЛАНДЫ

Президентимиздиӊ 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында Қанлыкөл районында жаӊа турақ-жайлар массивин шөлкемлестириў ушын  «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 14 гектар жер майданы ажыратылды.

Пәрманға муўапық сол орынға  2022-жылда 10 дана 5 қабатлы турақ жайлар қурыў режелестирилген.

 

Бүгин жаңа имараттың ирге тасы қаланып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм сектор басшылары менен тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

 

Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев турақ жайлар қурылатуғын орынды барып көрди ҳәм жойбарлар менен танысып, қурылысшылар менен сәўбетлести. Ең баслы мақсет пуқараларға арзан, қолайлы, заманагөй ҳәм сапалы турақ жайлар қурып бериў екенлигин атап өтти.

 

Сондай-ақ, қурылыс жумысларының алып барылыў тәртиби,  белгиленген объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыў ўақты ҳаққындағы мағлыўматлар жыйналғанлар нәзерине усынылды.

 


ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети