Президентимиздиӊ 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа
Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм
аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы
ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында Қараөзек районында жаӊа турақ-жайлар массивин
шөлкемлестириў ушын «Есим» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 10 гектар жер
майданы таӊлап алынған еди.
Бүгин жаңа имараттың ирге тасы қаланып, қурылыс жумыслары
баслап жиберилди. Илажға Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм сектор
басшылары менен тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Илажда қурылыс жумысларының алып барылыў тәртиби,
белгиленген объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыў ўақты сондай-ақ, басқада
мағлыўматлар жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме
хызмети