Усы жылдың 13 апрель күни “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, аймағымызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен ғалаба хабар қураллары ҳәм белсенди пуқаралар қатнасыўында Қарақалпақстан Республикасында Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетшилик топар қурамын тастыйықлаў ҳәм оны шөлкемлестириў бойынша мәжлис болып өтти.
Мәжлисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев алып барды.
Онда раўажланыў стратегиясын әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының орны ҳәм әҳмийети, әсиресе, жуўапкер министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен жүклетилген ўазыйпаларды ўақытында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша жәмийетшилик қадағалаўы сыяқлы илажларды шөлкемлестириў менен байланыслы мәселелер бойынша түсиниклер берилди.
Илаж соңында Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы орынланыўын тәмийинлеўде бәрше бирдей жуўапкер екенлиги ҳәм белгиленген мақсетлерге барлық ҳәрекетлерди бирлестириў арқалы ғана ерисиў мүмкинлиги ҳаққында пикир усыныслар билдирилди.