22.12.2024, Екшемби

Мәмлекетлик пенсиялар, напақалар, компенсациялар ҳәм басқа да социаллық төлемлерди төлеў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде пенсия, напақа, компенсациялар ҳәм басқа да социаллық төлемлерди төлеў ҳәм жеткерип бериўде пуқараларға қолайлы шараятларды жаратыў, төлеў системасының заманагөй усылларын кеңнен енгизиў және бул тараўда алдыңғы мәлимлеме-коммуникация технологияларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 4-майдағы «Пуқараларға мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў процесин әпиўайыластырыў және пенсия ҳәм напақаларды жеткериў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5102-санлы қарарына муўапық пенсия ҳәм напақа төлемлери ушын зәрүр қаржылар ҳәр айдың 5-сәнесине шекем қаржыландырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Орайлық банк және АК «Халқ банк»тиң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:

а) 2022-жыл 1-майдан баслап:

«Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген пуқараларға ҳәм шаңарақларға тийисли қорлардың қаржылары есабынан көрсетилетуғын материаллық жәрдемлер, мийнет уйымлары тәрепинен төленетуғын жумыссызлық напақасы ҳәм стипендиялар және жазасын өтеп азатлыққа шыққан пуқараларға төленетуғын материаллық жәрдем пуллары (кейинги орынларда материаллық жәрдем пуллары) ҳәр айдың 5-сәнесине шекем қаржыландырылады соның менен бирге пенсия ҳәм напақалар менен бир ўақытта АК «Халқ банк»тиң көшпели  кассалары тәрепинен мәҳәллелерге жеткериледи;

АК «Халқ банк»тиң көшпели кассаллары тәрепинен пенсия ҳәм напақалар және материаллық жәрдем пулларын пуқараларға нақ пулда жеткерип бериў хызметлери ушын 1 процент муғдарда  банкке хызмет ҳақы төлеп бериледи. Онда АК «Халқ банк»ке көшпели кассалар арқалы мәҳәлле пуқаралар жыйынларына барған ҳалда пенсия ҳәм напақа алыўшылардың карталарындағы қаржыларын олардың қәлеўине бола нақ пулға алмастырып бериў ўазыйпасы жүкленеди;

Барлық түрдеги мәмлекетлик пенсияларды, бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен төленетуғын напақалар, компенсациялар ҳәм басқа да төлемлерди, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлар ушын балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем пулын (кейинги орынларда – пенсия ҳәм напақалар) банк карталары арқалы алыўшыларға ҳәр айлық пенсия ҳәм напақа пулының 1 проценти муғдарында қосымша төлем енгизиледи. Онда, пуқаралардың келисими менен пенсия ҳәм напақа пулларын банк карталарына өткериў тийкарында ҳүжжетлерди қағаз түринде жүргизиўден ўаз кешиледи;

б) 2022-жыл 1-сентябрьге шекем әскерийлестирилген системаның пенсияларын есаплаў ҳәм олардың төлем есап-санақлары системасын тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен автоматластырыў арқалы хызмет көрсететуғын коммерциялық банклерде пенсия бетлерин жүргизиў әмелияты бийкар етиледи.

  1. АК «Халқ банки» (Ш.Х.Атабаев):

Орайлық банк (Б.Э.Захидов) пенен биргеликте халықты банкоматлар менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў мақсетинде 2022-жыл 1-октябрьге шекем сырт елден 1 800 банкомат алып келген ҳалда, олардың аймақлар, соның ишинде, алыс районларда орнатылыўын тәмийинлесин;

2022-жылдың ақырына шекем пенсия ҳәм напақа алыўшыларға және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде олардың қаржыларын аралықтан басқарыў имканиятын беретуғын банктиң жаңа мобиль қосымшасын ислеп шықсын;

Әдиллик министрлиги тәрепинен халыққа көрсетилетуғын хызметлерди банктиң мобиль қосымшасы арқалы әмелге асырылыўын жолға қойсын.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов):

Усы қарарда белгиленген илажлар менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр қаржылар бюджеттен тысқары Пенсия қоры ҳәм тийисли мақсетли қорларының қалдық қаржылары және Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан ажыратылыўын тәмийинлесин;

еки ҳәпте мүддетте бюджеттен тысқары Пенсия қорын басқарыў мәлимлеме системасын жетилистириў ҳаққындағы Ҳүкимет бийлигиниң жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

үш ай мүддетте мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги усы қарардың мақсети, ўазыйпалары ҳәм буннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытыў жумысларын шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 7-апрель