Қарақалпақстан
Республикасының «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси хыққында»ғы
Нызамына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
ҚАРАР
ЕТЕДИ:
1. Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 1 марттағы «Қарақалпақстан Республикасы
аймағында жайласқан базарлар ҳәм саўда комплекслериниң басқармалары тәрепинен
өндирип алынатуғын бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын
хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлердиң ең кем муғдарларын белгилеў ҳаққында»ғы 112-13-0-Q/22-санлы Қарарының 2-қосымшасына
қосымшадағы еслетпелер киргизилсин.
2. Усы қарар “Еркин
Каракалпакстан”, «Вести Каракалпакстан» газеталарында рәсмий жәриялансын ҳәмде Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң вэб-сайтына жайластырылсын ҳәм рәсмий
жәрияланған күннен баслап күшке кириўи белгиленсин.
3. Усы қарардың
орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши
орынбасары Н.Ерлепесовқа жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы |
Қ.Сариев |
|
|
Еслетпе: Өзбекстан
Республикасы Президентиниӊ 2010-жыл 26-апрельдеги ПҚ-1326-санлы «Дийхан базарлары ҳәм саўда комлекси жумысларын
шөлкемлестириўди жәнеде жетилистириў ис илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық,
көрсетилетуғын мәжбурий хызметлер дизими ҳәм баҳасы Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңеси тәрепиннен тастыйықланады. Усы хызметлер базарлар ҳәм саўда
комплекслери аймағындағы ҳәм оларға тутас болған аймақларда жайласқан жеке
меншик ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған бина ҳәм имаратлар мүлк ийлери
ушын кадастр ҳүжжетлеринде көрсетилген ийелеген жер майданларынан келип шығып,
базарлар ҳәм саўда комплекслери жәмийетлери менен бина ҳәм имаратлар ийелери
ортасында дүзилетуғын шәртнамаға муўапық ҳақ төленеди. Бунда хожалық ҳәм
мийўе-палыз өнимлериниӊ шығындыларын жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын бина
ҳәм имаралатлар ийелери тәрепинен усы түрдеги хызметлерди көрсетиўши
кәрханаларға қосымша төлемлер әмелге асырылмайды.
1. Аўыл хожалығы өнимлери ҳәм халық
тутыныў товарлары менен саўда қылынғанда бир орын (саўда орны) өлшеми 1-1,2
погон метр деп белгиленеди ҳәм усы өлшемнен артық орын ушын қосымша рәўиште ҳәр
бир саўда орны ушын белгиленген төлеў муғдарында орын ҳақы өндириледи.
2. Аўыл хожалығы
өнимлери ҳәм халық тутыныў товарлары аралас түрде сатылғанда, төлем сатылатуғын
өнимлер түрлери бойынша белгиленген еӊ жоқары ставка бойынша өндириледи.