22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан базарлар ҳәм саўда комплекслериниң басқармалары тәрепинен өндирип алынатуғын бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлердиң ең кем муғдарларын белгилеў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан базарлар ҳәм саўда комплекслериниң басқармалары тәрепинен өндирип алынатуғын бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлердиң ең кем муғдарларын белгилеў ҳаққында 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010-жыл 26-апрельдеги «Дийхан базарлары ҳәм саўда комплекслери жумысларын шөлкемлестириўди және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-1326-санлы қарарының 4-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан базарлар ҳәм саўда комплекслери тәрепинен өндирип алынатуғын бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлердиң ең кем муғдарларын белгилеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарар етеди:

1. Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм «Қарақалпақ дийхан базарлары» республикалық бирлеспеси усынысларын инабатқа алып:

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы базарлар ҳәм саўда комплекслери администрациясы тәрепинен өндирилетуғын бир мәртелик жыйым муғдарлары 1-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы базарлар ҳәм саўда комплекслери аймағындағы ҳәмде оларға тутас болған аймақларда бина, имаратлар ҳәм инвентарларды ижараға бериў ҳәм көрсетилген хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлердиң муғдарлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

2. Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимлери Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы (Х.Бекчанов), «Қарақалпақ дийхан базарлары» республикалық бирлеспеси менен биргеликте:

базарлар ҳәм саўда комплекслеринен өндирилетуғын бир мәртелик жыйымлар, көрсетилетуғын хызметлер ҳәм ижара төлемлерин белгиленген тәртипте өндирилиўин;

 

усы қарар менен белгиленген бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлер муғдарын Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы базарлар ҳәм саўда комплекслерине жеткерилиўин, сатыўшы ҳәм қарыйдарларға көринетуғын орынларға жайластырылыўын ҳәмде орнатылыўын тәмийинлесин.

3. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы (Х.Бекчанов) базарлар ҳәм саўда комплекслери администрациясы тәрепинен бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлерди көбейтиў есесине түсетуғын дәрәматларынан Өзбекстан Республикасының Салық кодексинде белгиленген тәртипте салық төлемлери өндирилиўи тәмийинлесин.

4. Усы қарардың 2-қосымшасына муўапық, улыўма ийелеген жер майданы 100 кв. метрден артық болған объектлерди сақлаў бойынша көрсетилетуғын хызметлер объекттиң пайдаланылып атырған майданынан келип шыққан ҳалда өндирилиўи белгиленсин (базар аймағынан сыртта жайласқан объектлер буған кирмейди).

5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл
15-мартдағы 80-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.

6. Усы қарар “Еркин Каракалпакстан”, «Вести Каракалпакстан» газеталарында рәсмий жәриялансын ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң вэб-сайтына жайластырылсын ҳәм рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке кириўи белгиленсин.

7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесовқа жүкленсин.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы

 

Қ.Сариев

 

Қарақалпакстан Республикаси

Министрлер Кеңесиниң

2022-жыл «__»________дағы

_____ санлы қарарына 1-қосымша

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы базарлар ҳәм саўда комплекслери администрациясы тәрепинен бир күнге сатыўшылардан алынатуғын бир мәртелик жыйым муғдарлары

Өним түри

Өлшем бирлиги

2022-жыл

Нөкис қаласы ушын

Төрткүл, Хожели, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Қонырат, Шымбай районлары ушын

Қегейли, Қараөзек, Тахтакөпир, Тақыятас, ҳәм Нөкис районлары ушын

Бозатаў, Шоманай, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары ушын

I.

Өнимлерди бастырма астындағы саўда орынларында сатыў

 

 

 

 

 

1

Мийуелер: алма, анар, алмурт, шабдал, ерик, әнжир, жүзим, алча, шийе, қулпынай, малина ҳ.т.б.

1 орын/ күнге

5000

4500

3500

3000

 

Цитрус, тропиқ мийуелер: апельсин, мандарин, лимон, банан, ананас, киви ҳ.т.б.

1 орын күнге

9500

8500

6500

5000

 

Қурғақ мийуелер (писте, бадам, ерик, шаӊғалақ, кишмиш, шор дәнек ҳ.т.б.)

1 орын күнге

10000

9000

7500

6000

2

Овощлар: Картошка, пияз, гешир, чеснок, ләблеби, түрип, болгар бурышы, баклажан, патиссон, помидор, қыяр ҳ.т.б.

1 орын күнге

5000

4500

4000

3500

3

Палыз өнимлери: жамбылша, қаўын, ғарбыз, қабақ ҳ.т.б. (ҳәр 6 кв.м. орын ушын)

1 орын күнге

10500

9500

8000

7000

4

Дән өнимлери: гүриш, күнгебағар, бийдай, тары, қолдан тартылған ун, жарма ҳ.т.б.

1 орын күнге

6000

5500

5000

4500

5

Собылықлы өнимлер: мәш, ловия, горох ҳ.т.б.

1 орын күнге

5500

5000

4500

4000

6

Сүт ҳәм сүт өнимлери (сүт, қатық), қаймақ, сметана ҳ.т.б. 

1 орын күнге

4500

4000

3500

3000

7

Дузланған өнимлер (помидор, қыяр, капуста, корейс салатлары, үйде таярланған консервация ҳ.т.б.)

1 орын күнге

6000

5000

4500

4000

8

Зире (зире, бурыш, қалампыр ҳ.т.б.) ҳәмде пал

1 орын күнге

5500

5000

4500

4000

9

Көк өнимлери  (укроп, көк пияз, редиска, петрушка ҳ.т.б.);

1 орын күнге

5000

4500

4000

3500

10

Мәйек

1 орын күнге

6000

5500

4500

4000

11

Нәллер ҳәм гүллер: терек, алма, бехи, шийе, алмурт, гүл ҳ.т.б. (ҳәр 6 кв.м.орын ушын)

1 орын күнге

6000

5500

5000

4500

12

Нан ҳәм нан өнимлери: шөрек нан, майлы пәтир ҳ.т.б.

1 орын күнге

5500

5000

4000

3500

13

Үйде таярланған консерваланған өнимлер, аспазлық өнимлери ҳәм үй шараятында таярланған кондитер өнимлер

1 орын күнге

6500

6000

5500

5000

14

Санаат жолы менен ислеп шығарылған азық аўқат өнимлери ҳәм салқын ишимликлер

1 орын күнге

10000

9500

8000

7500

15

Миллий аўқатларды сатыў

1 орын күнге

10000

9000

8500

7500

16

Полиэтилен ҳәм қағаз пакетлерин сатыў

1 орын күнге

5500

4500

4000

3500

17

Сипселер

1 орын күнге

4500

4000

3500

3000

18

Тири балық ҳәм балық өнимлери

1 орын күнге

11000

10500

10000

8000

19

Халық дөретиўшилиги, халық өнерментшилиги ҳәм қол өнерментшилиги (1 кв.мертге шекем)

1 орын күнге

4000

3500

3000

2500

II.

Гөш өнимлери: мал, қой, шошқа, таўық гөши баўыр, қуйрық май  ҳ.т.б.

1 орын күнге

10000

9000

8000

7500

III.

Өнимлерди автомашиналардан сатыў:

 

 

 

 

 

 

жеӊил автомашиналарда сатыў

1 машина күнге

10000

9500

9000

7500

 

жүк автомашиналарда сатыў

1 машина күнге

17000

15000

12000

11000

 

тиркемели, ярым тиркемели жүк автомашиналары ҳәм автопоездлардан сатыў

1 орын күнге

18500

16000

14500

11500

 

өнимлерди жерде сатыў (саўда прилавкаларынан тысқарыда, арнаўлы ажратылған орынларда) (6 кв метрге шекем)

1 машина күнге

8000

7000

6000

5000

IV.

Үй ҳайўанлары ушын жем (ҳәр бир тиркеме ямаса жүк автомашинасы ушын): шрот, шелуха, пишен, сабан, мәкке жүўери ҳ.т.б.

1 машина күнге

12500

11500

10000

9000

V.

Қурылыс материалларын сатыў:

 

 

 

 

 

 

базарлар ҳәм саўда комплекслери тәрепинен арнаўлы ажратылған орынларда аўыр ҳәм үлкен өлшемдеги қурылыс материалларын сатыў:

 

 

 

 

 

 

6 кв.метрге шекем

1 орын күнге

7000

6500

6000

5000

 

6 дан - 15 кв.метрге шекем

1 орын күнге

10000

9000

7500

7000

 

15 тен - 30 кв.метрге шекем

1 орын күнге

12500

12000

10500

9000

 

Кишкене өлшемдеги қурылыс материаллары (майда өлшемли), сантехника, жақтыландырыў үскенелерин (люстра, светильниклер ҳәм т.б.) сатыў (6 кв.метрге шекем)

1 орын күнге

7000

6500

5500

4500

VI

Илгери пайдаланыўда болған буйымлар ҳәм аўсық бөлеклерди сатыў:

 

 

 

 

 

 

ески түрдеги автомобил аўысық бөлеклерин сатыў

1 орын күнге

7000

6000

5500

5500

 

ески түрдеги үй-хожалық буйымлары, пайдаланылған кийим-кеншеклерди сатыў (ҳәр бир кв.метр ушын)

1 орын күнге

4000

3500

3500

3000

VII.

Автотранспорт қуралларын сатыў:

 

 

 

 

 

 

жеӊил автомашиналар ҳәм микроавтобуслар

1 орын күнге

15000

14500

12000

11500

 

жүк автомашиналары, автобуслар ҳәм басқа жүк көтериўши транспортлар ҳәмде тракторлар

1 орын күнге

16000

15000

13500

13000

 

мотоцикл, мотороллер ҳәм мопедлар    

1 орын күнге

5000

5000

5000

5000

 

Велосипедлар

1 орын күнге

4000

4000

4000

4000

VIII.

Мал базарына алып келетуғын ҳәр бир шарўа маллары ушын

 

 

 

 

 

 

Ат, тай, түйе

1  бас күнге

12000

11000

9500

8000

 

бота, ешек

1  бас күнге

7000

7000

7000

5500

 

Ири шақлы қара мал (соннан сыйыр бузаўы менен)

1  бас күнге

12500

12000

11500

9500

 

Бузаў

1  бас күнге

8000

7000

7000

6500

 

қой, ешки (қой қозысы менен, ешки ылағы менен)

1  бас күнге

7000

7000

6500

5500

 

Қозы, ылақ

1  бас күнге

4000

4000

4000

3500

 

Шошқа ҳәм шошқа баласы

1  бас күнге

6500

5500

5000

4500

IX.

Үй қуслары түйе таўық, таўық, үйрек, ғаз

бес  бас күнге

2500

2500

2000

2000

 

түйе таўық, таўық, үйрек, ғаз шөжелери

бес  бас күнге

2500

2500

2000

2000

X.

ийтлер ҳәм пышықлар

1 орын күнге

5000

5000

4500

4000

XI.

декоратив қуслар ҳәм балықлар

1 орын күнге

5500

5000

4500

4000

XII.

Ийт ҳәм пышықлар, декоратив қус ҳәм балықлар ушын аўқатлары ҳәмде тийисли аксесуарлар ҳәм буйымлар

1 орын күнге

2500

2500

2000

2000

XIII.

Аяқ кийим оӊлаў хызмети

1 орын күнге

4500

4000

4000

3500

XIV.

Басқа товарларды сатыў (аралас затлар)

1 орын күнге

11000

10000

8000

7000

 

Басқа товарлар, хожалық буйымларын сатыў (шампунь, порошок, сабын х.т.б)

1 орын күнге

11000

10000

8000

7000

 

 Қарақалпакстан Республикаси

Министрлер Кеңесиниң

2022-жыл «__»________дағы

_____ санлы қарарына 2-қосымша

Қарақалпақстан  Республикасы базарлар ҳәм саўда комплекслери аймағындағы ҳәмде оларға тутас болған аймақларда бина, имаратлар ҳәм инвентарларды ижараға бериў ҳәм көрсетилген хызметлер ушын алынатуғын ең кем төлемлер муғдарлары

Көрсетилетуғын хызметлер түри

Өлшем бирлиги

2022-жыл

Нөкис қаласы ушын

Төрткүл, Хожели, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Қоӊырат, Шымбай районлары ушын

Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир, Тақыятас, ҳәм Нөкис районлары ушын

Бозатаў, Шоманай, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары ушын

1

Базарлар ҳәм саўда комплекслери балансындағы имарат ҳәм қурылмалардан пайдаланғанлығы ушын ижара төлем

 

 

 

 

 

 

Азық-аўқат емес өнимлерди сатыў

1 кв.м./ айына ушын

31000

30 000

21 000

17 000

 

Азық-аўқат өнимлерин сатыў

1 кв.м./ айына ушын

31000

30 000

20500

16500

 

Улыўма аўқатланыў

1 кв.м./ айына ушын

32000

27000

20000

16000

 

Турмыс жағынан хызмет көрсетиў

1 кв.м./ айына ушын

20000

18000

15000

13000

 

Басқа түрлер (амбархана, офис, дәрихана, пайнет ҳ.т.б.)

1 кв.м./ айына ушын

20000

18000

15500

14000

2

Инвентарларды ижараға бериў:

 

 

 

 

 

2.1.

Тас-тәрезилер ушын

1 күнге

3000

2500

2500

2500

2.2.

Үлкен жүк өлшеў тәрезилери ушын:

 

 

 

 

 

 

150 кг.ға шекем өлшейтуғын

1 күнге

3500

3000

3000

2500

 

150 кг.дан 1500 кг.ға шекем өлшейтуғын

1 күнге

10000

9500

8000

7500

2.3.

Саўда инвентарлары ушын: (пышақ, шелек, орынлық, стол, воронка,себет ҳ.т.б)

1 күнге

2500

2000

2000

2000

2.4.

Арнаўлы кийимлерден пайдаланыў: (халат, фартук, жеӊлик)

1 күнге

1500

1500

1500

1500

2.5.

Өнимлер ушын брезент бериў

1 күнге

2500

2500

2000

2000

2.6.

Арбашалар ушын

1 күнге

3500

3500

2500

2500

2.7.

Реклама жайластырыўға ажратылған жер майданынан пайдаланғанлығы ушын (1 м.кв)

1 күнге

2000

2000

2000

2000

3.

Көрсетилетуғын хызмет түрлери:

 

 

 

 

 

3.1.

Аўыл хожалық ҳәм басқа азық-аўқат өнимлерин сақлаў:

 

 

 

 

 

 

Суўытқышларда

1 күнге

4000

4000

4000

4000

 

амбарханаларда, сақлаў камераларында

1 күнге

3500

3500

3500

3500

 

базар аймағындағы прилавкаларда хәм ашық жайларда (саўда орны есабынан)

1 күнге

3500

3500

3500

3500

3.2.

Амбарларда буйымларды сақлаў (50х50х100 см өлшемдеги 1 орын ушын)

1 күнге

3500

3500

3500

3500

3.3.

Өнимлерди тәрезиде өлшеп бериў:

 

 

 

 

 

 

үлкен жүк тәрезиде

1 өлшеў

2000

2000

1500

1500

 

Ири ҳәм майда шақлы малларды өлшеў

1 өлшеў

3000

2500

2500

2500

3.4.

Автотәрезилерден пайдаланыў:

 

 

 

 

 

 

жүк көтериў қуўатлылығы 5 тоннадан артық болған тиркемели, ярым тиркемели жүк автомашиналары ҳәм автопоездлардан

 

 

 

 

 

 

Жүк пенен

1 өлшеў

5500

5000

4500

3500

 

Жүксиз

1 өлшеў

4000

3500

3000

3000

 

жүк көтериў қуўатлылығы 5 тоннаға шекем болған тиркемели, ярым тиркемели жүк автомашиналары ҳәм автопоездлардан

 

 

 

 

 

 

Жүк пенен

1 өлшеў

4500

4000

4000

3000

 

Жүксиз

1 өлшеў

4000

4000

3500

3000

 

Жеӊил автомашиналардан:

 

 

 

 

 

 

Жүк пенен

1 өлшеў

3000

3000

2500

2000

 

Жүксиз

1 өлшеў

2500

2500

2000

2000

 

Тиркеўишли жеӊил автомашиналардан:

 

 

 

 

 

 

Жүк пенен

1 өлшеў

5000

4000

3500

3500

 

Жүксиз

1 өлшеў

3000

2500

2500

2000

3.5.

Мийманхана хызметинен пайдаланыў (1 орын)

1 күнге

8500

8500

7500

6700

3.6.

Автотранспорт қуралларын ўақтынша сақлаў ушын:

 

 

 

 

 

 

жеӊил автомашиналар ушын*

1 саатқа

2500

2500

2000

2000

 

Жүк автомашиналары ушын*

1 саатқа

3000

2500

2000

2000

3.7.

Қәжетхана хызметинен пайдаланыў

1 мәрте

1000

1000

1000

1000

3.8.

Телефоннан пайдаланыў

1 мәрте

1000

1000

1000

1000

3.9.

Радиоузел арқалы дағаза бериў (3 мәрте қайталаў)

3 мәрте қайталаў

1000

1000

1000

1000

3.10.

Улыўма пайдаланатуғын объектлерди сақлаў бойынша көрсетилетуғын мәжбүрий хызметлер (асфальтланған ҳәм брусчатка жатқызылған жоллар, тротуарлар, кириў ҳәм шығыў орынлары, жер ҳәм жер үсти канализация лотоклары, ишки ҳәм сыртқы жақтыландырыў тармақлары ҳәм имаратлары, ишимлик суўыныӊ санитар-техник буўынлары, улыўма аймақты қорықлаўҳәм тазалаў, турмыс жағынан ҳәм мийўе-палыз өнимлериниӊ шығындыларын жыйнаў ҳәм алып шығыў, сыртқы инженерлик-коммуникация имаратлары)*

1 кв.м. ушын

11000

10000

9500

9000