22.12.2024, Екшемби

Халық билимлендириў системасын реформалаў бойынша Шымбай районлық миллий кеңестиң биринши мәжилиси болып өтти

Елимизде билимлендириў тараўына қаратылған итибар, оны раўажландырыў бағдарындағы әмелий ислер, ертеңги билимли келешектиң жетилисип шығыўына тийкар жаратпақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң   2022-жыл 3-февральдағы Пәрманы менен Халық билимлендириў системасын реформалаў бойынша Миллий кеңестиң дүзилиўи халық билимлендириў системасын реформалаў, сырт ел мәмлекетлериниң ең алдыңғы тәжирийбелери тийкарында билимлендириў сапасын жақсылаў, педагог кадрлардың билими ҳәм маманлығын халық аралық дәрежеге алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.


Халық билимлендириў системасын реформалаў бойынша   Шымбай районлық миллий кеңестиң биринши мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясатын раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Абатбай Данияров алып барды. Онда улыўма билим бериў мектеплери директорлары ҳәм де тийисли мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.


Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша улыўма билим бериў мектеплеринде орын алған кемшиликлер сынға алынды.

Мектеплерде оқыўшыларға берилип атырған билим сапасын, оқытыўшылардың потенциалын, билимлендириў орынларының рейтинг нәтийжелерин жақсылаў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар жөнинде анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Шымбай районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети