Бүгин Әмиўдәрья районы Тас жап аўылы аймағында жайласқан «Бекман
Аллаберганов» фермер хожалығында шигит егиў бойынша көргизбели семинар болып
өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң
Баслығы Қахраман Сариев, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрининг биринши орынбасары Шухрат Тешаев,
Қарақалпақстан Республикаси прокуроры Фархад Алламбергенов ҳәм тараў қәнигелери
қатнасты.
Иләж даўамында быйылғы шигит егиў жумысларын қысқа мүддетте сапалы етип орынлаў бойынша әҳмийетли мәселелер додаланды.