Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басшылығындағы делегация Ташкент
халықаралық инвестиция форумы шеӊберинде өз жумысын даўам етпекте. Атап
айтқанда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев,
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар
ҳәм сыртқы саўда министрлиги ортасында баҳасы 10 млн. доллар муғдарындағы «Нөкис
қаласына электр автобусларын сатып алыў жойбарын мүддетли қаржыландырылыўын
тәмийинлеў ҳаққында»ғы мандат хатына қол қойылды.
Соның менен бирге,
бирнеше инвестициялық шәртнамалар менен меморандумларға қол қойылыўына
ерисилди.
Қр Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети