Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-март күни биринши Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң басшысы Одиль Рено-Бассо ханым, Азия Раўажланыў банкиниң президенти Масацугу Асакава, Түркий мәмлекетлер шөлкеми Ақсақаллар кеңесиниң баслығы, Түркияның Әдалат ҳәм раўажланыў партиясы баслығының орынбасары Бинали Йилдирим, Саудия Арабстаны Патшалығы инвестициялар министри Холид ал-Фалиҳ ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Сухайл ал-Мазруий менен ушырасыўлар өткерди.

Одиль Рено-Бассо ханым менен ушырасыўда мәмлекетимизде социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасын алға қойыўда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң жедел қатнасын даўам еттириўге байланыслы әмелий мәселелер додаланды.

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм ЕТРБ менен биргеликте мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Банктиң мәмлекетимиздеги жойбарларының портфели 3 миллиард евроға жетти, онда жеке секторға инвестициялардың үлеси 50 процентке шекем артты.

Бул жетекши финанс институтының инвестицияларын көлеми бойынша Өзбекстан избе-из екинши жыл регионда алдында киятыр.

ЕТРБның Әндижан ҳәм Үргенш қалаларындағы филаллары жумыс алып бармақта.

Президент Одиль Рено-Бассо мәмлекетимиз басшысын Ташкент халықаралық инвестициялар форумының табыслы өткерилгени менен шын жүректен қутлықлап, банк Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы мақсетлерине ерисиў жолында толық қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.

Ушырасыўда шериклик қатнасықларын кеңейтиў бойынша «жол картасы»н таярлаўға келисип алынды.

Мәмлекетлик кәрханалар ҳәм банклерди трансформациялаў ҳәм меншиклестириў, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, «жасыл» раўажланыў, энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң нәтийжели механизмлерин, бәринен бурын, инфраструктуралық жойбарларды алға қойыўға енгизиў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигине байланыслы бағдарламаларды қоллап-қуўатилаў бойынша бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, келеси жылы Өзбекстанда ЕТРБ Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилисин өткериўге таярлықтың барысы көрип шығылды.

Азия Раўажланыў банкиниң президенти Масацугу Асакава ушырасыў басында Өзбекстан жетекшисин абырайлы халықаралық финанс институтларының басшыларын ҳәм бизнес ўәкиллерин жәмлеген Инвестициялық форум табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

АРБ менен стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәм перспективалы бағдарлары көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы АРБ президентин жақында гезектеги мүддетке қайта сайланғаны менен шын жүректен қутлықлап, Жаңа Өзбекстандағы жаңаланыўлар бағдарламасын алға қойыўда, соның ишинде, коронавирус пандемиясы ақыбетлериниң алдын алыўда көрсетилип атырған жәрдем ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

Еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жылларда жойбарлар портфели еки есеге кеңейип, бүгинги күни 9  миллиард доллардан асты. Қоспа жойбарлар шеңбериндеги инвестицияларды  өзлестириў пәтлери де еки есеге жеделлести.

Банк тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәм артқа қайтпайтуғын реформалар, соның ишинде, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, қаржы секторы, энергетика, транспорт ҳәм инфраструктураны модернизациялаў, инсан потенциалын жүзеге шығарыў бағдарында көрсетилип атырған техникалық жәрдем жоқары баҳаланды.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм АРБ арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарламасын таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, «жасыл» экономиканы жедел енгизиў, жойбарларды аралас қаржыландырыў механизмлерин раўажландырыў, бизнес, соның шинде, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигин қаржыландырыў бағдарламаларын кеңейтиў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң нәтийжели механизмлерин енгизиў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў жойбарларын қоллап-қуўатлаў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында белгиленди.

Өзбекстан ҳәм Азия раўажланыў банки арасында стратегиялық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларын алға қойыў бойынша «жол қартасы»н биргеликте қабыл етиў бойынша келисимге ерисилди.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми Ақсақаллар кеңесиниң баслығы, Түркияның Әдалат ҳәм раўажланыў партиясы баслығының орынбасары Бинали Йилдирим ушырасыўдың басында мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдуғанның сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Түркия стратегиялық шериклик қатнасықларының бүгинги дәрежесин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өз-ара саўда көлемлери артпақта, заманагөй санаат жаратыў ҳәм инфраструктураны модернизациялаў бойынша ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, мәдений-гуманитарлық байланыслар беккемленбекте.

Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы Стратегиялық шериклик бойынша жоқары дәрежедеги кеңестиң гезектеги мәжилисин өткериўге жедел таярлық көрилмекте.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды. Өткен жылы ноябрь айында шөлкемниң Стамбул саммитинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Саўда, транспорт ҳәм логистика, санаат кооперациясы, «жасыл» экономиканы раўажландырыў, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар трансфери сыяқлы тараўлардағы қоспа баслама ҳәм жойбарларды алға қойыў усылардың қатарына киреди.

Регион күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Саудия Арабстаны Патшалығы инвестициялар министри Холид ал-Фалиҳ Өзбекстан Республикасы Президентине шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип,  Саудия Арабстаны Патшасы Салман ол-Сауд ҳәм Мийрасхор шаҳзадасы Муҳаммад ол-Саудтың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Сөйлесиў барысында көп қырлы Өзбекстан – Саудия қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны, ири инвестициялық жойбарлар, бәринен бурын, энергетика тараўында алға қойылғанын жоқары баҳалады.

«ACWA Power» корпорациясы мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақларында энергетика инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм «жасыл» энергетиканы раўажландырыў бойынша  улыўма баҳасы 2,7 миллиард долларлық жойбарларды алға қойыўға үлес қосып атырғаны айрықша атап өтилди.

Буннан тысқары, Саудия раўажланыў фондының қатнасыўында социаллық әҳмийетке ийе бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

«Жол картасы» тийкарында нефть-газ ҳәм химия тармақлары, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика және басқа да әҳмийетли бағдарларда перспективалы инвестициялық жойбарларды таярлаўға ҳәм әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Сухайл ал-Мазурий ушырасыў басында БАӘ Президенти Шайх Халифа ол-Наҳаян, Абу-Даби әмирлиги Мийрасхор шаҳзадасы, БАӘ Қураллы Күшлери Жоқары Бас сәркардасының орынбасары Шайх Муҳаммад  ҳәм мәмлекет Бас министри, Дубай Әмири Муҳаммед ол-Наҳаянның сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеркерди.

Министр сырт ел бизнесиниң мәмлекетимизге болған үлкен қызығыўшылығын және бир мәрте тастыйықлаған Ташкент форумының табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

Ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда, инвестициялар, инновациялар, аўыл хожалығы, инфраструктура, логистика ҳәм транспорт тараўларында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық кеңейтиўдиң перспективалары додаланды.

«Жасыл» энергетика тараўындағы бирге ислесиўдиң нәтийжелери жоқары баҳаланды. Masdar компаниясы мәмлекетимиз аймақларында фотоэлектрик ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша бир қатар ири жойбарларды әмелге асырмақта.

Инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тийкарғы тармақларда жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен потенциал бар екени атап өтилди.

ӨзА