Усы жылдың 24-26-март
күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын «Ташкент халықаралық инвестиция форумы»нда
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм бир
қанша мәкеме кәрханалар менен исбилерменлер қатнаспақта.
Форум шеңберинде
жергиликли исбилерменлик субъектлериниң сырт елли шериклери менен шәртнамалар
дүзиў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.
ҚР Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў:
https://t.me/QResMinistrlerKenesi