Қарақалпақстан
Республикасы турғынларының турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм тәбийғый газ бенен
тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың жуўмағына шекем 16 райондағы 68 мәҳәллениң 13
мыңнан аслам шаңарақларын тәийғый газ тәмийнатына толық өткериў
режелестирилген. Бунда халықтың газ тәмийнаты системасын еки басқышлы системаға
өткерген ҳалда газ трубаралын оңлаў, жаңа заманагөй газ есаплағышларын орнатыў
ҳәм қосымша тәбийғый газ көлемин ажыратыў жумыслары алып барылады.
ҚР Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети