Президентимиздиң
Қарақалпақстанға болған сапары даўамында белгилеп берген тапсырмалары
шеңберинде пахта-тоқымашылық кластерлери менен биргеликте усы жылда 200 ге
шамалас пахта териў машиналарын сатып алыў ҳәм механизациялаў дәрежесин 27
процентке жеткериў режелестирилген.
Аўыл хожалығын
механизациялаў ушын Өзбекстан Республикасының ТТЗ заводында ислеп шығарылған МХ-1,8
маркалы пахта териў машиналарын сатып алыў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.
ҚР Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети