22.12.2024, Екшемби

Мойнақ аэропортында дәслепки рейсти әмелге асырыў режелестирилмекте


2019-жылда 167 гектар майданға ийе болған Мойнақ аэропортын қайта қурыў жумыслары басланды ҳәм 70 миллиард сўм муғдарындағы қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Мойнақ аэропорты бүгинги күнде заманагөй көриниске ийе болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти усы жылдың 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында “Ташкент-Нукус-Мойнақ” ҳәм “Мойнақ-Нукус-Ташкент” жөнелиси бойынша авиақатнаўларды жолға қойыў бойынша тапсырма берген еди.

Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Наўрыз байрамы күнлери дәслепки рейсти әмелге асырыў режелестирилмекте.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети