22.12.2024, Екшемби

18-март күни денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен ашық сөйлесиў өткериледи

Президент Шавкат Мирзиёев усы жылы 18-март күни денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен ашық сөйлесиў өткереди. Бундай илаж елимиз тарийхында биринши мәрте өткерилип атырған болып, онда тараўды және де раўажландырыў, системалы машқалаларды сапластырыў илажлары додаланады, медицина хызметкерлериниң усыныслары тыңланады.

Ашық сөйлесиўге таярлық шеңберинде медицина хызметкерлери ҳәм халықтан 25 мыңнан артық мүрәжатлер менен усыныслар келип түскен. Олар талланып, «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарында елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халқымызға медициналық хызмет көрсетиў нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған.

Ушырасыўда тараўдың барлық буўынларынан 10 мыңнан аслам хызметкердиң қатнасыўы күтилмекте.

ӨзА