22.12.2024, Екшемби

2021 – жыл даўамында Республика бойынша жәми 58 мыңнан аслам көшпели хызметлер көрсетилгенлиги айтып өтилди

Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепнинен 2021-жылда жәми 51 248 көшпес мүлк обектлери ҳәм 1 658 ипотека шәртнамалары мәмлекетлик дизимнен өткерилген. Бул ҳаққында Қараөзек районында өткерилген баспасөз конференциясында атап өтиди.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетлик Кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте Қараөзек районында Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасында Пресс-тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп ғалаба хабар қураллары ўәкиллери Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайында көрсетилип атырған хызметлер ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қараөзек районы филиалында көшпес мүлк объектине кадастр паспортының таярланыў басқышлары менен жақыннан танысты.

Пресс-тур соңында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. онда откен 2021-жыл даўамында мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы тәрепинен физиклаық ҳәм юридиклаык шахсларға көрсетиген мәмлекетлик кадастр хызметлери ҳаққында сөз болды.


Онда атап өтлгендей, Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепнинен 2021-жылда жәми 51 248 көшпес мүлк обектлери ҳәм 1 658 ипотека шәртнамалары мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында өткен жылда 26 140 аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын UzKad бағдарламасына киритлди ҳәм 24 221 жерден пайдаланыўшы мәмлекетлик дизимнен өткерилди ал 1 919 болса жерден пайдаланыўшы сыпатында дизимге алынды. 40 294 көшпес мүлк обектлерине кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилди.

Соның менен бирге Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2021-жыл даўамында 1345 жағдайда жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм нызамсыз қурылмалар қурыў жағдайлары анықланғна болып, анықланған 1345 жағдайдың 1 345ине жазба көрсетпелер берилди, 1206 жағдайда 305,5 гектар жер майданындағы жағдайлар сапластырылды.


Қарақалпақстан Республикасында Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен халқымызға ҳәм исбилерменлик субектлерине 2 млн 900 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди- Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары Е.Досанов.

 2021 – жыл даўамында Республика бойынша жәми 58 мыңнан аслам көшпели хызметлер көрсетилгенлиги айтып өтилди.  Агентликтиң басқармасы тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиўши мәмлекетлик органлар тәрепинен бир қанша нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.

 

Атап айтқанда,  физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыўда анықланған нызамбузылыў жағдайларын,  оларға имканият бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў бойынша 14 усыныс киритилди,  нәтийжеде 24 шахсқа интизамий жаза шарасы қолланылды,  124 шахс ескертилди,   225 лаўазымлы ҳәм жуўаплы хызметкерлер қарсысына θзбекстан Республикасы  ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 215 прим 5-статясы менен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында баяннамалар рәсмийлестирилди.

    Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында өткерилген иләжлар даўамында  15  “сөгис”,  1 “мийнет шәртнамасы бийкар етиў”, 2 “ескертиў”,  1 “жәрийма” интизамий жаза шаралары қолланылды.

 

Бүгинги күнде θзбекстан Республикасы пуқараларына сырт елге шығыў биометрик паспортын бериў хызмети Нөкис қаласы ҳәм Беруний районы МХОлары тәрепинен көрсетилип атыр. 2022-жыл жуўмағына шекем бәрше Мәмлекетлик хызметлер орайларында басқышпа-басқыш бул хызмет түрин жолға қойыў режелестирилген.

 

Илажда Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тараўға тийисли сораўларына жуўаплар алды.