22.12.2024, Екшемби

Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда елимизде аўыл хожалығы жерлериниң нәтийжелилигин, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланған ҳалда, арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимиз тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери заман талапларына сәйкеслендирилип барылып атырғаны  себепли суўды үнемлейтуғын технологиялар 2021-жылдың өзинде 433 мың гектар майданда енгизилди ҳәм олардың улыўма көрсеткиши суўғарылатуғын майданлардың  17 процентин қурады.

Бирақ, суўды үнемлейтуғын суўғарыў системаларын ислеп шығыў, жеткерип бериў, сатып алыў, орынларда жойбарластырыў ҳәм орнатыўдағы кемшиликлер және айырым аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың бул бағдардағы көнликпелери жеткиликли емеслиги усы технологиялардың өз ўақтынан кешигип енгизилиўине себеп болмақта.

Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдеги жүзеге келген кемшилик ҳәм машқалаларды сапластырыў, регионда бақланып атырған суў тамтарыслығының кери тәсирин жумсартыў, сондай-ақ, аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде суў ресурсларынан буннан былай да нәтийжели пайдалыныў мақсетинде:

  1. Суў хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң 2022-жылы 478 мың гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў арқалы суўдан ақылға уғрас пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. 2022-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев:

а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы және ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарарға 1-қосымша менен тастыйықланған прогноз көрсеткишлерине муўапық 2022-жылдың ақырына шекем республика бойынша кеминде:

230 мың гектар, соның ишинде, 160 мың гектар пахта шийки заты жетистирилетуғын майданларда тамшылатып суўғарыў;

28 мың гектар, соның ишинде, 25 мың гектар масақлы дән жетистирилетуғын майданларда селлетип суўғарыў;

2 мың гектар аўыл хожалығы егислик майданларында дискретли суўғарыў системалары енгизилиўин;

218 мың гектар егислик майданлардың лазерли үскене жәрдеминде тегислениўин шөлкемлестирсин;

б) Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Бас прокуратура (Ш.Ж.Рахимов), Ишки ислер министрлиги (С.А.Нишанбаев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте тастыйықланатуғын прогноз көрсеткишлерииниң орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатсын ҳәм нәтийжелерди сын көзқарастан додалап барсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), «Аймақлық электр тармақлары» АЖ (У.М.Мустафоев), Геология ҳәм минерал ресурлар бойынша мәмлекетлик комитети (Б.Ф.Исламов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте 2022-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша мәнзилли дизимди тастыйықласын, онда:

суўды үнемлейтуғын системалар, биринши гезекте, ири суў жеткерип бериў ҳәм суў шығарыў тармақларының бас бөлегинде енгизилиўи зәрүрлигин есапқа алған ҳалда «бир канал – бир система» принципи тийкарында жайластырылыўына;

егислик майданларының әмелдеги инфраструктурасынан келип шыққан ҳалда турақлы түрде үзиликсиз электр энергиясы ҳәм суў менен тәмийинлеў имканияты бар екенине итибар қаратылсын.

  1. 2022-жылдан баслап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби белгиленсин:

аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар 2-қосымшаға муўапық;

суўды үнемлейтуғын суўғарыў системаларын сатып алыў ҳәм қурыўға ажыратылатуғын банк кредитлери бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар 3-қосымшаға муўапық бериледи.

Субсидия қаржылары усы қарарға 2-қосымшаға муўапық есап-санақ етилгеннен соң, есап-санақ исленген сумманың:

50 проценти система енгизилген жылы ажыратылады;

50 проценти келеси жылы зүрәәтлиликтиң артыўы ҳәм үскенелердиң пайдаланылыўына қарай ажыратылады;

қосымша 20 проценти үшинши жылда енгизилген системаны ислеткен ҳалда жоқары зүрәәтлиликти сақлап қалған пахта, ғәлле ҳәм мийўе-овощ кластерлерине толеп бериледи.

  1. Усы қарардың 4-бәнтинде нәзерде тутылған субсидия қаржылары енгизилген суўды үнемлейтуғын суўғарыў системалары кеминде бес жыл қолланылыўы шәрти менен ажыратылатуғыны;

суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген жер майданлары кеминде 5 жыл ишинде оптималластырылмайтуғыны, жер участкасы ямаса оның бир бөлеги мәмлекет ҳәм жәмийет зәрүрликлери ушын алып қойылыўына жерден пайдаланыўшының келисими тийкарында жумсалатуғын қаржылардың орны толық қапланғаннан соң ғана рухсат етилетуғыны;

2021жылы суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизгени ушын Мәмлекетлик бюджеттен субсидия қаржыларын алған, бирақ енгизилген суўды үнемлейтуғын суўғарыў системаларын суўғарыў мәўсиминде пайдаланыўға үлгермеген аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар усы системаны 2022-жылдың суўғарыў мәўсимине шекем иске түсирмеген жағдайда алынған субсидия қаржыларын белгиленген тәртипте Мәмлекетлик бюждетке қайтаратуғыны белгилеп қойылсын.

Бас прокуратура (Ш.Ж.Рахимов), Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы (А.Д.Вахабов) ҳәм Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев ҳәм Р.Ж.Қаршиев) усы бәнтте белгиленген талаплардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алсын.

  1. Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қучқаров, Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) 2022-жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди қоллап-қуўатлаў ушын республикалық бюджеттен 1 182,4 миллиард сум қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологиялары енгизилген егислик майданлары үзликсиз:

суў менен тәмийинлениўине – суў хожалығы министри Ш.Р.Хамраев;

электр энергиясы менен тәмийнлениўине – «Аймақлық электр тармақлары» АЖ басқармасының баслығы У.М.Мустафаев жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

Суў хожалығы министрлиги системасындағы республикалық бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлерде әмелдеги штат бирликлерин қысқартыўдың есабынан:

ирригация системалары бассейн басқармаларының қурамында 1 штат бирлигинен ибарат ишки аудит топарлары (кейинги орынларда – ИСББ ишки аудит топарлары) шөлкемлестирилсин;

Суў хожалығы министрлигиниң ишки аудит хызметине қосымша 1 штат бирлиги ажыратылсын.

а) ИСББ ишки аудит топарлары тиккелей Суў хожалығы министрлигиниң ишки аудит хызметине бойсынатуғыны;

б) ИСББ ишки аудит топарларының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер есапланатуғыны белгиленсин:

суўды үнемлейтуғын  технологияларды енгизиў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын усы қарардың 2-қосымшасына муўапық ажыратылатуғын субсидиялардың дурыс есапланғанын және белгиленген тәртипте рәсмийлестирилгенин үйрениў;

енгизилген суўды үнемлейтуғын  системалардың дурыс екенин орынларға шыққан ҳалда үйрениў;

Суў хожалығы министрлигине суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия ажыратыў ямаса ажыратпаў бойынша жуўмақ киргизиў;

суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге жумсалған қәрежетлер бойынша ҳүжжетлерди ҳәм бул бағдарда әмелге асырылған бухгалтерия операцияларын турақлы мониторинг етип барыў;

суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўде жүзеге келиўи мүмкин болған нызам бузылыў жағдайларының ерте алдын алыўға қаратылған илажлар бойынша усыныслар ислеп шығыў;

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги және ирригация системалары бассейн басқармаларының суўды үнемлейтуғын ҳәм санлы технологияларды раўажландырыў бөлими тәрепинен жүргизилетуғын суўды үнемлейтуғын системалардың енгизилген майданлары бойынша есабатлардың ҳақыйқатлығын қадағалаў.

  1. Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети (Ш.Ш.Шарахметов) менен биргеликте бир ай мүддетте өткен жылларда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жумысларын сапалы әмелге асырған ҳалда және базар экономикасында еркин бәсеки талапларына толық жуўап бере алатуғын «Tomchi-reestr» жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалардың бирден-бир реестрин (кейинги орынларда – «Tomchi-reestr» БЭРислеп шықсын.

«Tomchi-reestr» БЭРди ислеп шығыўда, соның ишинде, төмендегилерге итибар қаратылсын:

кәрхананың өндирислик базаға ийе болыўына;

кәрхана тәрепинен жергиликли шараятта өндиристиң жолға қойылғаны ямаса сырт ел ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың рәсмий дилерлик статусына ийе болыўына;

әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине тийкарынан салық қәўипи дәрежесине;

жойбарды әмелге асырыў ушын зәрүр техника, маман қәниге, соның ишинде, жойбарлаўшы, инженер ҳәм агрономлар менен тәмийинленгенлик дәрежесине;

әмелге асырылған жойбарлар шеңберинде фермер хожалықларына сервис хызмети көрсетилиўи жолға қойылғанына.

«Tomchi-reestr» БЭРге киргизилмеген жумысты бөлип алып ислейтуғын кәрханалар тәрепинен әмелге асырылған жойбарларға субсидия қаржылары ажыратылмайды.

  1. «Tomchi-reestr» БЭРге киргизилетуғын субъектлерди анықлаў ушын Суў хожалығы министрлигине:

Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен хызметкерлердиң саны, тийкарғы қураллардың көлеми, алынған дәраматлар, төленген салықлар ҳәм мийнет ҳақы фонды ҳаққындағы мағлыўматлар;

басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен зәрүр ведомстволық мағлыўматлар орнатылған тәртипте берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги (К.А.Юлдашев) Суў хожалығы министрлиги (Р.Ж.Қаршиев), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (О.А.Пекось) ҳәм Қаржы министрлиги (А.Я.Хайдаров) менен биргеликте 2022-жыл 10-мартқа шекем суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизген аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға субсидиялар бериў бойынша тийисли материалларды жыйнаў, көрип шығыў ҳәм ўәкилликли уйым ҳәм шөлкемлер менен келисиўдиң «Agro-subsidiya» бирден-бир мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – «Agro-subsidiya» БМС) енгизилиўин тәмийинлесин.
  2. «Agro-subsidiya» БМС ҳәм «Tomchi-reestr» БЭРден пайдаланыў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 25-октябрьдеги «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди хошаметлеў механизмлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4499-санлы қарарына муўапық 2022-жыл 1-январьдан:

пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистириў ушын насос агрегатлары ҳәм суўғарыў қудықларын тутынған электр энергиясының баҳасын Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар есабынан қаплаў тәртиби тек ғана суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизген аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға енгизилетуғыны;

аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар тәрепинен суў хожалығы шөлкемлериниң суўғарыў қудықлары ҳәм вертикаль дренаж қудықларынан аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын пайдаланыўға суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў шәрти менен рухсат етилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Бас прокуратура (Ш.Ж.Рахимов), Қаржы министрлиги (А.Я.Хайдаров) Ишки ислер министрлиги (С.А.Нишанбаев) ҳәм Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев ҳәм Р.Ж.Қаршиев) усы бәнтте белгиленген талаплардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алсын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов) Қаржы министрлиги (А.Я.Хайдаров) ҳәм Суў хожалығы министрлиги (Р.Ж.Қаршиев) менен биргеликте еки ай мүддетте 10 гектардан кем болмаған пахта ҳәм масақлы дән майданлары ушын қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм көшпели генераторлар сыяқлы үскенелерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 процентине шекем, бирақ 100 миллион сумнан аслам болмаған муғдарда қаплаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Суў хожалығы министрлиги (Р.Ж.Қаршиев) Аўыл хожалығы министрлиги (А.М.Тўраев), Инновациялық раўажланыў министрлиги (Ш.У.Турдиқулова) ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Р.Р.Хакимов) менен биргеликте тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилген ғаўаша майданларында суўғарыў нормалары, ғаўашаның раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған инновациялық агротехнологияны ислеп шығыў бойынша илимий жойбар таярласын ҳәм экспертиза нәтийжелерине муўапық илимий жумысқа байланыслы Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырыў илажларын көрсин.
  3. Төмендегилерге:

Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғанивке – қалыслық ҳәм ашық-айдынлық принциплерине тийкарланған ҳалда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин тәмийинлеў;

суў хожалығы министри Ш.Р.Хамраевке – аймақлардың өзине тәнлигин есапқа алған ҳалда тамшылатып суўғарыў системасын қурыў бойынша үлги жойбарларды ислеп шығыў, сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў системасын монтажлаў ҳәм сервис хызметин көрсетиў топарларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў;

аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаевке – аймақлардың топырақ-климат шараятынан келип шыққан ҳалда, суўды үнемлейтуғын технологиялар арқалы пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистириў бойынша агротехнологиялық карталарды ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў ҳәм виношылықты  раўажландырыў агентлигиниң директоры Р.Р.Бобоевқа – барлық жаңадан шөлкемлестирилип атырған санаатқа жарамлы жүзим плантацияларына тамшылатып суўғарыў системаларының орнатылыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Суў хожалығы министрлиги (А.А.Мирзаев) Аўыл хожалығы министрлиги (Ш.Ш.Мирзаев) ҳәм Қаржы министрлиги (А.Я.Хайдаров) менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте усы қарарға муўапық Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 23-февральдағы 95-санлы қарарына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 1-март