22.12.2024, Екшемби

Нөкис қаласындағы 7 аўыр аймақ абаданластырылады


Нөкис қаласындағы 7 аўыр аймақтың социал-экономикалық жағдайын жақсылаў, усы аймақларды абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжлиси болып өтти.

 

Мәжлисти  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қахраман Сариев алып барды. Күн тәртибиндеги мәселе, яғный Нөкис қаласы аймағындағы «Қызылқум», «Теле орай», «Қоскөл», «Боз аўыл», «Жеке терек», «Қум аўыл» ҳәм «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынларының социал-экономикалық жағдайын жақсылаў, пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша мәселелер көрип шығылды ҳәм мәжлис баяны қабыл етилди.

 

Жоқарыда атап өтилген 7 аўыр аймақтағы жумысларды системалы шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары жуўапкер етип бириктирилди ҳәм аймақларды үйрениў жумыслары баслап жиберилди.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети