Үлкемизге бәҳәр
паслы кирип келиўинеде санаўлы күнлер қалды. Жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсими
алдынан жасап турған аймағымызды, мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм
көклемзарластырыў соның менен бирге экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» акциясына баслап
жиберилди.
Өткен 2021-жылда
әмелге асырылған “Әҳмийетли 40 күнлик” шеңберинде ҳәр бир аймақтың топырақ ҳәм
климат шараятларына мас, әсиресе суўды көп талап етпейтуғын 6 млн.нан аслам
мийўели ҳәм декоратив нәллер егилди.
Быйылғы жылы усы
жақсы баслама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы аймағына 8 млн.нан аслам
нәллерди егиў режелестирилген.
Бүгин Нөкис қаласы аймағындағы «Жийдели байсын» елатында «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде нәл егиў жумыслары алып барылды. Оған әсиресе жаслар белсене қатнасып қаламыз тазалығына бийпарқ емес екенликлерин және бир мәрте дәлийлледи.
Акция даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңеси Баслығы Қ.Сариев сөзге шығып, бундай жақсы баслама көтерген жасларға
өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.