Бүгин Тахтакөпир районы "Ғәрезсизлик" мәкан
пуқаралар жыйыны аймағында "Қарақалпақстан агрокласстер"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилген пахта тазалаў
заводының ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў мәресимине район ҳәкими Ж.Адилов,
Қараөзек районы ҳәкими У.Утамбетов ҳәм де тийисли тараў басшылары менен бирге
жасы үлкен нураныйлар қатнасты.
Мағлыўмат орнында атап өтиў
орынлы, жойбар баҳасы: 17млрд. 850 млн. сўм.
Қуўатлылығы: Жылына 40 мың
тонна пахтаны қайта тазалаў имканиятына ийе
Ең баслысы жаңадан 250 жумыс
орны шөлкемлестириледи.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети