2021-жыл – «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының 77-бәнтиниң («Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде мәҳәлле ҳәм аўылларды түп-тийкарынан өзгертиў) Нөкис районындағы «Ақтерек» МПЖ ҳәм «Бақаншақлы» АПЖ аймақларында орынланыўы бойынша жәмийетлик тыңлаў өткерилди.
Илажға Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутатлары, район белсендилери, пуқаралар жыйынларының баслықлары, қурылыс-оңлаў кәрханалары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Илажды «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов алып барды.
Нөкис районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал оңлаў, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелер бойынша орынбасары Х.Утегенов шығып сөйлеп, мәмлекетлик бағдарламада көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында есабат берди.
Атап өтилгениндей, «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен мәмлекетлик бағдарламаның 77-бәнтиниң орынланыўы бойынша Нөкис районындағы «Ақтерек» МПЖ ҳәм «Бақаншақлы» АПЖ аймақларында алып барылған жумыслар бойынша депутатлар, район белсендилери ҳәм пуқаралар жыйыны ақсақаллары қатнасыўында «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызам талапларына муўапық жәмийетшилик мониторинги өткерилди.
Үйрениў барысында еки аймақта да бир қатар жумыслар исленгени, берилген мағлыўматлар бойынша «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында «Ақтерек» МПЖ ҳәм «Бақаншақлы» АПЖда 4 миллиард 636 миллион сумлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў жобаластырылғаны ҳәм бүгинги күнде бул жумыслар толық жуўмақланған, деп мәлимлеме берилген болса да, ҳақыйқатында бул жумыслар талап дәрежесинде исленип ақырына жеткерилмегени анықланған.
Мәмлекетлик бағдарламаға еки аймақта да жоллар, пиядалар жоллары, жақтыландырыў, ағаш электр энергиясы бағаналарын бетон бағаналарға алмастырыў ушын Мәмлекетлик бағдарлама бойынша «Ақтерек» МПЖ аймағындағы 3,5 километр ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаў жумыслары ислениўи керек болса, соннан 1 километрлик ишки жолларға асфальт ҳәм 2,5 километрлик ишки жолларға қум аралас майдаланған тас (ЩПС) төселген.
МПЖ аймағында 11 көшеге асфальт ҳәм ЩПС төселген болса, жәмийетшилик тийкарында өткерилген мониторинг ўақтында соннан 3 көшеге тазадан асфальт төселгени, бирақ, көшелердиң ақырына шекем асфальт төселмегенлиги, қалған 8 көшеге ЩПС төселгени анықланды.
Оңлаў жумыслары алып барылған көшелердиң еки тәрепине тегислеў, абаданластырыў терек егиў жумыслары алып барылмаған. 90 процент үйлердиң шифрлары өзгертилмеген, жайларының көше тәреплери боялмаған тек болғаны ҳәр ким ҳәр қыйлы етип ҳәклеў менен шекленип қалған.
Аймаққа 5,7 километрлик жаңа электр тармақларын тартыў, 2 (еки) трансформатор ҳәм 228 таянш бетон үстинлерин орнатыў жобаластырылған болып, бүгинги күнде усы жумыслар орынланған. Бирақ, ески тартылған ағаш электр бағаналары толық жыйнап алынбаған.
Үйрениў барысында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳелле» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында әпиўайы көп қәрежет талап етпейтуғын кемшиликлерге жол қойылғанлығы мәлим болды.
Атап айтқанда, аймаққа кирип келер жерине «Ақтерек» МПЖ аймағы екенин көрсетиўши белги қойылмаған. Үйлердиң ҳәжетханалары тәртипке келтирилмеген, еле ески қамыс, жыңғыл қоралар ҳәм ҳәр бир үйдиң жанында ески мүддети питкен техникалар, темир-терсеклер сол турысында жатырғаны анықланды.
Мәмлекетлик бағдарлама бойынша «Бақаншақлы» АПЖ Мәденият аўылы аймағындағы 5,6 километрлик ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаў жобаластырылған болса, соннан, 0,55 километрлик ишки жолларға асфальт ҳәм 5,1 километрлик ишки жолларға қум аралас майдаланған тас төсеў жумыслары әмелге асырылған.
Өткерилген мониторинг ўақтында ишки жолларға 5,1 километрлик қум аралас майдаланған тас төселген жолларға еле көп ўақыт болмаса да оғада сапасыз исленгени, асфальт жолға қарағанда оның даўамы болған ЩПС төселген жолдың әдеўир пәс болып қалғаны, жолға тек ғана бир машина сыятуғыны, еки тәрепине бордюр ислеп кейин, ЩПС төсеў кереклиги бойынша топар ағзалары тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди.
Аўыл аймағындағы айырым алдын асфальтланған көшелердиң ойылып, жарамсыз ҳалға келген жерлерине оңлаў жумыслары бүгинги күнге шекем алып барылмаған.
Мониторинг топары район ҳәкимлигине бағдарлама бәнтиниң орынланыўы бойынша еки аймақта да бир қанша жумыслар алып барылғаны менен еле ислениўи керек болған әпиўайы жумыслар бойынша кемшиликлерге жол қойылғанын есапқа алып, районлық жәмийетшилик топары менен мониторинг жумысларын алып барып көрсетилген кемшиликлерди усы жыл ақырына шекем сапластырып, Халық депутатлары районлық кеңесиниң гезектеги сессиясында көрип шығып, исленген жумыслар нәтийжеси бойынша «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине мағлыўмат бериў усыныс етилди.
Қатнасыўшылар ҳәким орынбасарының есабы бойынша пикир-усыныслар билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги