22.12.2024, Екшемби

Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары менен халықтың айырым қатламларына кириўши шаңарақларға 800 мың сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи


Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары менен халықтың төмендеги қатламларына кириўши шаңарақларға 800 мың сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи:

• «Темир дәптер» дизиминде болған шаңарақларға (2021-жыл даўамында);

• 18 жасқа толмаған перзентлери бар  бағыўшысынан айырылғанлық  пенсиясы ямаса напақасын алыўшы шаңарақларға;

• 18 жасқа шекемги балалар ушын майыплық напақасын алыўшы шаңарақларға.

Көрсетилген бир мәртелик жәрдем пулларын 2021-жылдың 30-декабрь сәнесине шекем мәнзилли жеткериў жобаластырылған.