22.12.2024, Екшемби

Байрам шыршаларын қәўипсиз орнатың


Ҳүрметли мекеме ҳәм қәрхана басшылары!!! Жаңа жыл байрамын қәўипсиз өткериў мақсетинде ашық майданларда байрам шыршаларын тийисли қолланбаға муўапық төмендеги қәўипсизлик талаплары бойынша орнатыўыңызды сораймыз!

-Бағаналы шыршалар 22 метрден, конус тәризли шыршалар 30 метрден бәлент болмаўы,

-Тийислилиги бойынша шыршаға өртке химиялық бирикпе сеўилип, электр сымлары талап дәрежесиндеги ҳаўа-райына, күшлениўге шыдамлы болыўы керек (IP56 ҳәм IP65)

-Шыршаны безеўде 25В жоқары күшлениўде болмаған электр гирляндалардан пайдаланыў,

-Шырша әтрапында өз бәлентлигинен 1,5 есе узақ болған аралықта басқа объектлер (саўда орынлары, аттракционлар ҳ.т.б) болмаўы,

-Бирлемши өрт өшириў қураллары менен тәминлениўи керек. Тез жаныўшы буйымларды безеў ушын пайдаланыў, ашық отты жағыў қадаған етиледи.



-Электр тәминлеўши кабелдиң кириў орны ҳәм электрди ажыратыўшы (өшириўши) қўрылма шыршадан кеминде 10 метр аралық ҳәм 2 метр бийикликте орнатылыўы,

-Қурылысы тамамланған шыршаның төменги радиуси бойлап 1 метр балентликте тосық пенен оралыўы керек

  Жаңа жыл байрамы шыршасының техник беккемлиги, электр қәўипсизлиги ҳәмде шырша әтирапында өрт қәўипсизлиги режимине әмел етилиўин бақлап турыў нызамшылыққа тийкар объекттиң басшыларына жүкленеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Айрықша жағдайлар басқармасы