Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў мәкемелерине оқыўға
қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2021-жыл 15-декабрьдеги 10-санлы
қарарына муўапық 2021/2022-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының бакалавриат ҳәм
магистратурасына төлемли-контракт, соның ишинде, категорияластырылған төлемли-контракт
тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлер, оқыўы көширилген (көширип тикленген)
ҳәм қайта тикленген студентлер оқыўы ушын контракт төлемин төлеўи ҳәм
студентлер қатарына қабыл етиўди рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2021-жылдың 31-декабрь сәнеси етип белгиленди.
Соның менен бирге, Каронавирус инфекциясына қарсы
2021-жылдың 15-ноябрь сәнесине шекем толық емленген (вакцина алған), бырақ
емленгенли ҳаққындағы сертификатты белгиленген мүддеттен кешигип жоқары оқыў
орнына усынған (усынып атырған) абитуриентлер менен студентлерге төлем-контракт
суммасын төлеўде бир мәртелик 10 процент шегирмени қолланыўға руқсат етиледи.