Президентимиздиң арнаўлы қарары менен елимизде Пал ҳәррешилик тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Тараўда ерисилип атырған жоқары нәтийжелерди кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў, пал ҳәррешилердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәр жылы «Пал байрамы» ҳәм пал ҳәррешилик өнимлериниң көргизбели семинарлары шөлкемлестирилип, онда Өзбекстан Республикасының барлық аймақларынан, соның менен бирге сырт елли тәжирийбели пал ҳәррешилер өзлери жетистирген өнимлер менен қатнасып келмекте.
2021-жылдың 1-декабрь
сәнесинен 10-декабрь сәнесине шекем Ташкент қаласында гезектеги «Пал байрамы»н
өткериў режелестирилген. Бүгин Ташкент қаласында «Пал байрамы»ның ашылыў
мәресими болып өтпекте. Онда Қарақалпақстан Республикасынан да бир қанша пал
ҳәррешилер өзлериниң өнимлери менен қатнаспақта.