22.12.2024, Екшемби

Мойнақтағы жергиликли әҳмийетке ийе автомобиль жолы асфальтланды

Республикамыз аймағындағы мәдений мийрас ҳәм туризм объектлерине алып барыўшы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында оӊлаў жумыслары жүргизилип атыр.

Мойнақ районы аймағындағы Сулайман Бақырғаный мақбарасына алып барыўшы 4-Н 1 автомобиль жолыныӊ 0-3 км аралығында Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы хизметшилери тәрепинен қурылыс-оӊлаў жумыслары жүргизилип атырған болып, асфальт асты грунт жумыслары, щебен төсеў ҳәм жол қапламасы биригиўине жәрдем бериўши арнаўлы араласпа себиў жумыслары алып барылды. Күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде асфальт төселди.

Асфальт төсеў ушын саз жағдайдағы зәрүрли машина-механизмлер, сондай-ақ, арнаўлы қәнигелер менен биргеликте жумыслардыӊ сапалы жүргизилиўи тәмийнленип атыр. 

Қарақалпақ Автожол